ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛӘЖЛАРЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛМАҚТА

Қараөзек районы “Мәденият” АПЖ жыйыны аймағындағы районлық ХББне қараслы 9-санлы УОББ мектебинде район ҳәкимлиги, “Идирис ийшан” жомъе мешити, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими ҳәм районлық Реабилитация орайы менен биргеликте үгит-нәсият иләжы болып өтти. Илажда шығып сөйлеўшилер экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиўдеги руўхый-ағартыўшылық илажлар, жаслар арасында кийиниў мәденияты, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша кеңнен түсиниклер берилди.