Қутлықлаў

2021-жыл 8-9-Апрель күнлери Тақыятас районында спорттың Аўыр атлетика түри бойынша 2008-2009 жыллары туўылған жас өспиримлер арасында өткерилген Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында районлық ХББ не қараслы 26-санлы мектеп оқыўшысы Е.Сагидов 49 кг салмақта  сыйлы III-орын, 28-санлы мектеп оқыўшысы  У.Кеңесбаев  73-кг салмақтан сыйлы I-орынларды ийелеўге мияссар болды. Сол мүнәсибет пенен районлық ХББне қараслы 26-санлы УОББ мектебинде ушырасыў болып өтти. Илажға район ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов, Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы А.Палўаниязов, «Есим» МПЖ баслығы Б.Аметов ҳәм «Қутлы мәкан» МПЖ баслығы П.Каллибековлар қатнасып, Е.Сагидов ҳәм У.Кеңесбаевларды ерискен жетискенликлери менен қутлықлап, саўғалар тапсырды.