АШЫҚ СУД

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды тәрепинен  район ишки ислер органы пробация топарында жаза өтеп атырған пуқараларға көшпели “Ашық суд” болып өтти. Онда төрт пуқараға жазаны өтеў дәўиринде тәртип-интизамларға толық әмел қылғанлығы, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын есапқа алып инсаныйлық принциплери тийкарында, өтелмей қалған жазасынан азат етилип, жазаның өтелмеген мүддети даўамында қастан жаңа жынаят ислеген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 60-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жаза тайынланатуғынлығын ескертти. Сондай-ақ,  пуқараларымыз арасында жынаятлардың алдын алыў, оны болдырмаў бойынша бир қанша түсиниклер берип өтти.