РАЙОНЛЫҚ МЕШИТТЕ АБАДАНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ.

Ҳәммемизге белгили, Рамазан пүткил дүньядағы бәрше мусылман халықлары ушын мүқәддес ай болып табылады. Бул ай меҳир-мүриўбет ҳәм тазалық айы болғанлығы ушын районлық ХББне қараслы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң кеўилли оқыўшы жаслары қатнасында “Идирис ийшан” жомъе мешитинде абаданластырыў жумыслары алып барылды. Мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшы жаслар мешиттиң ишки ҳәм сыртқы тазалық жумысларында белсене қатнасты.