Ҳаял-қызлар ушырасыўы

Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы «Апажанлар мектеби» жәмийетшилик кеңеси баслығы Г. Даўлетова  қатнасында, район ҳәм мәҳәллелерде дүзилген «Апажанлар мектеби» жәмийетшилик кеңеслери  ағзалары, пуқаралар жыйыны баслықларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары, мәҳәлле белсендилери қатнасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы «Апажанлар мектеби» жәмийетшилик кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыра  Гүлистан Даўлетова ҳаял-қызлар ҳәм  шаңарақ қәдириятларына арналған терең мазмунлы қосықларын оқып берди. Илаж соңында қатнасыўшыларға районлық мәденият бөлими жас талант ийелериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.