#СПОРТ

Қараөзек районы Жүзиў спорт сарайы жанындағы футбол майданшасында спорттың киши футбол түринен жарыс өткерилди. Жарысқа райондағы мәкеме, кәрханаларда ислеўши хызметкерлер қатнасты. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет ислеўшилер арасында футболды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ден-саўлықларын беккемлеп, күшли спортшыларды таңлап алыўдан ибарат. Жеңимпаз командалар район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.