#Жаслар саяхатқа шықты.

Районлық ХББ не қараслы 33-санлы мектептиң питкериўши жаслары район орайындағы көп тармақлы халыққа хызмет көрсетиў орынларында саяқатта болды. Саяхат даўамында кийим- тигиў цехларындағы жумыслар ҳәм кийим- кеншек, перделер тигиўдиң сырларын үйренди ҳәм қызығыўшылықлары артты. Саяхаттың мақсети жасларымызды белгили бир кәсипке бағдарлаў ҳәм олардың санасында терең көнликпелер пайда етиўден ибарат.
Бундай саяхатлар жасларымыздың белгили бир өнер үйрениўине бағдарлаўы сөзсиз.