Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетинде көшпели ашық суд мәжилиси болып өтти.

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды тәрепинен Өзбекстан Републикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясының
2-бөлиминде көрсетилген, яғный «Транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлик қағыйдаларын бузыў» жынаят ислегенликте айыпланған Тақыятас районында жасаўшы “Автомобильлерге хызмет көрсетиўши” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң исшиси Ж.А ның қарсысына топланған жынаят исин Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң юридика факультетинде қарап шықты. Суд мәжилиснде университеттиң студент жаслары қатнасты.

Онда судланыўшы Ж.А ның ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбиркешлерлерге келтирилген зыянлардың қапланғанлығын, жәбиркешлердиң кеширим бергенлигин есапқа алып, оған ЖКниң 57-статьясы қолланылған ҳалда Өзбекстан Республикасы ЖКниң 266-статьясының 2-бөлими менен ЖКниң 45-статьясы қолланып, 3 (үш) жыл мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, ис ҳақының 20 пайызы мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда 3 (үш) жыл мүддетке мийнет дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

Сондай-ақ, студент жаслар арасында ҳәр қыйлы жынаятшылықлардың алдын алыў, оны болдырмаў бойынша түсиниклер берип өтти.