Район ҳәкиминиң ушырасыўы.

Район ҳәкими  «Бердақ»  АПЖ да жасаўшы «Ҳаяллар» ҳәм «Жаслар» дәптериндеги пуқаралар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўға Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими  ҳәм де райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары қатнасты. Ушырасыўда  дәслеп жаслар менен сәўбетлесиў өткерилип, олардың пикир усыныслары тыңланды. Ушырасыўда жаслар ҳәм ҳаял-қызларға берилип атырған имканиятлар, жеңилликлер бойынша түсиниклер берилди.

Буннан соң қатнасыўшылар машқала ҳәм усыныслары бойынша  район ҳәкимине мүрәжатларын билдирип, көпшилиги жер алыў, өз исбилерменлигин баслаў, жумыссызлық  машқалаларын билдирди. Билдирилген мүражатлардың көпшилиги сол жердиң  өзинде шешим тапты, айырымлары тийисли мәкемелер тәрепинен көрип шығылып, тез күн ишинде шешилетуғынлығы айтып өтилди.