Көшпели қабыллаў

Бүгин райондағы төрт сектор баслықлары “Қуралпа” АПЖ аймағында халық пенен көшпели қабыллаў өткерди. Онда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар  үйренип шығылып, тийисли мәкеме шөлкемлерге  унамлы шешилиўи ушын тапсырмалар берилди.

 Сондай-ақ усы күни екинши сектор аймағындағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға, район Прокуратурасы тәрепинен азық-аўқатлық өнимлери тарқатылып берилди.