Япониялық қәниге Қарақалпақстанның үш районында исбилерменликке санлы тармақларын енгизиў бойынша семинарлар өткерип атыр. BMSRB ҳәм UNFPA қоспа бағдарламасы көлеминде Япония мәмлекети «Арал бойы регионында жергиликли жәмийеттиң турмыс жағдайын экологиялық ҳәм экономикалық әззилигиниң потенциалын беккемлеў ҳәм халықтың ден-саўлығы бойынша мәселесин» финанслық жақтан тәмийинлеўди BMSRP семинарлар даўамында электрон комерцияны ҳәм социал тармақларды қолланыўды алға илгерилетиў, электрон тармақларына өтиў мәселеси, Япония исбилерменлериниң халық аралық қәнигелериниң дыққатын қаратты. Онда саўда платформасы (OLX ҳәм Pinterest) бойынша мағлыўматлар топламы сораўларын, азық-аўқат бойынша мағлыўматларын жайластырыў ҳәм социал тармақларда турақлы қарыйдарларды излеў, мобиль дәстүрлер жәрдеминде пул алыўды мастер-класс өз ишине қамтыйды.
Бүгин Қараөзек районындағы өткерилген семинарға райондағы исбилермен ҳаял-қызлар менен жаслар қатнасты. Семинардың мақсети жергиликли халықтың өз өнерлерин электрон веб-сайтларында ҳәм социал тармақларда жарытыў, мобиль дәстүрлер арқалы пул қабыллаў, бизнес тараўында ҳуқық ҳәм мүмкиншиликлерин кеңейттириў болып есапланады. Семинар даўамында исбилерменлер өз бизнесин кеңейттириў, өзлериниң хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, дәраматларын көбейтиўди ҳәм бизнес режелерин кеңейттириўде қәнигелерден мәсләҳәтлер алды.