#Жетискенлигим_сырлары

Районлык ХББне қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде жаслардың спортқа болған қызығыўшылықларын асырыў мақсетинде “Жетискенлигим сырлары” атамасында  илаж шөлкемлестирилди. Илажға Балалар-өспиримлер спорт мектебиниң тренер устазы Ү.Султанов, Республика Руухыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнигеси М.Палўаниязов ҳәм мектеп жәмәәти, оқыўшы жаслар қатнасты.  Илажда даўамында мектеп мақтанышы болған Қубла Кореяның Чанджаў қаласында «Улыўма дүнья гүрес өнерлери» фестивалы жеңимпазы Злийха Оразбаева менен сәўбет өткерилип, өз-ара пикир алмасылды. Мектеп оқыўшылары З.Оразбаеваның жетискенлик сырлары менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.