“Халқпарвар” комиссиясыныӊ мақсет ҳәм ўазыйпалары түсиндирилди.

Үй-жай қурылысын ҳәм ипотека базарын раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалардың әмелге асырылыўы үстинен парламент ҳәм ипотека базарын раўажландырыўға тийисли әҳмийетли ўазыйпалардың әмелге асырылыўы жүзесинен парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды орнатыў ҳәм де  «Халқпарвар» комиссиясы жумысларын шөлкемлестириў бойынша Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д. Қурбаниязов ҳәм районлық Кеӊеси жанындағы “Халқпарвар” комиссиясыныӊ қурамы ағзалары қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер “Халқпарвар” комиссиясыныӊ мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша түсиниклер берип өтти. “Халқпарвар” комиссиясыныӊ тийкарғы мақсети жергиликли ҳәкимликлер ҳәмде жуўапкер мәмлекетлик шөлкемлердиӊ үй-жайлар қурыў ушын жер участкаларын ажыратыў, қурылыс жумысларын өз ўақтында сыпатлы әмелге асырыў, субсидия төленетуғын пуқараларды таӊлап алыў, үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқаралар дизимин  жаратыў барысындағы жумыслар үстинен депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўдан ибарат.