Қараөзек районы төрт сектор баслықлары районның ең алыс аймағы болған “Қойбақ” АПЖ да болып аўыл пуқаралары менен ушырасты. Ушырасыўда пуқаралардың машқалалары “Мәҳәллебай” үйренилип, мүрәжатларын тыңлады. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар үйренилип, унамлы шешиў шараларын көретуғынлығын билдирип өтти.
Сондай-ақ усы күни аймақта жасаўшы өнермет апамыз Нағима Нурымбетованың шаңарағыда қой жүнин қайта ислеп, оннан кийиз басыў, гилем тоқыў ҳәм басқада кийим-кеншеклерди қолдан тоқып атырған жумыслары менен танысты.