Район ҳәкими Азия чемпионы менен ушырасты

Алма-Ата қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионы, Токио-2020 лицензиясы ийеси, жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов ҳәм оның тренери, ата-анасы менен район ҳәкими ушырасты. Ушырасыўда чемпионды ерискен табыслары менен қутлықлап район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықлады

Буннан соң Ж. Бердимуратов райондағы бир қатар спортшылар менен ушырасып, жарыстағы қыйыншылықлары ҳәм жетискенликлерин айтып, сәўбетлесиўлер алып барды.