ҚƏЎЕНДЕРЛИК

 Қараөзек районындағы кем тəмийнленген шаңарақларға жəрдем көрсетиў,оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў жумыслары даўам етип атыр. Райондағы екинши сектор басламасы менен исбилерменлердиң кәўендерлигинде  Қуралпа АПЖ 38 пуқараға, Есимөзек АПЖ 7 пуқараға, Қараөзек АПЖ 7 пуқараға ҳәм А. Досназаров АПЖ да16 пуқараға  азық- аўқатлық өнимлери тапсырылды.

 Соның менен бир қатарда 1 пуқараға майыплық арабаша, 1 пуқараға ылақлы ешки, 1 жас өспиримге велосипед, комьпютер ҳәм қаржылай жәрдем көрсетилип, 13 пуқараға жер асты кранын қурып бериў ушын пуллай жәрдемлер көрсетилди.