АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ БОЛЫП ӨТТИ.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-Март күнги «Халықты социаллық қорғаў системасын жәнеде беккемлеў ҳәм де тараўға заманагөй хабар коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў ис-илажлары ҳаққында» ғы 122-санлы қарарының мазмун-мәнисин халыққа түсиндириў бойынша пуқаралар менен ушырасыў ҳәм ашық сәўбетлесиўлер алып барылмақта. Оған Қараөзек районы Бюджетден  тысқары пенсия қоры,   Халық Қабыллаўханасы, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен  МПЖ,  АПЖ  хызметкерлери қатнаспақта.

Ашық сәўбетлесиў райондағы «Есим, Қараөзек ППЖ, Ғәрезсизлик гузары» МПЖ да өткерилип, қарарда келтирилген әҳмийетли ўазыйпалар түсиндирилди. Пуқараларға қатнасыўшылар тәрепинен қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.