Тигиўшиликке оқытыў.

Қараөзек ППЖ аймағынан “Ҳаяллар ҳәм Жаслар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша жумыслар қолға алынбақта. Аймақтағы “Гербиш завод” елатынан Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен тигиўшиликке қызығыўшы ҳаял-қызлар таңлап алынып, оқыў курсы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги күнде олар тигиўшилик сырларын тереңнен меңгерип ис жүзинде көрсетип, өз исбилерменлигин баслаў ушын тәжирийбелер топлады.