ЖЫНАЯТШЫЛЫҚҚА ҚАРСЫ ИЛӘЖ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Районда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында кең көлемли үгит-нәсият илажлары алып барылмақта. Районлық Мәденият бөлими ҳәм бир қатар мәкемелер тәрепинен шөлкемлестирилген қоспа қарар тийкарында “Биз жаслар жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсымыз!” атамасында көрик таңлаў шөлкемлестирилди. Оған районлық ХББ не қараслы мектеп оқыўшылары ҳәм кәсип-өнер мектеби менен агротехникум оқыўшы жаслары қатнасты. Илаж даўамында оқыўшы жаслар өзлериниң билими ҳәм шаққанлықлары менен белсене қатнасты.

Илаж соңында жеңимпаз командалар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.