ҒАЎАША ТӘРБИЯСЫ

Қараөзек районының фермер хожалықлары ҳəр жыл сайын жоқары зүрəəтликке ерисиў ушын мийнет ислеп, ғаўаша тəрбиясына дыққат- итибар қаратып киятыр. Быйылда көгерип шыққан  ғаўашаларға тəрбия бериў агротехникалық  жумысларын өз ўақтында жүргизиў ушын, биринши культевация  жумысларын басландырып жиберди. Усы мақсетте  райондағы «Бердақ» АПЖ дағы Қарақалпақ Агрокластер ЖШЖ не тийисли болған жер майданында  көргизбели семинар болып өтти.

Семинарға төрт сектор, фермер хожалық баслықлары, суўшылар менен тийисли мəкеме басшылары қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер ғаўашаны өз ўақтында тəрбиялаў, келген суўдан үнемли пайдаланыў илəжларына  тохтап өтти ҳəм қəнийгелер тəрепинен мəслəҳəтлер берилди.