ӨНЕРМЕНШИЛИК.

“Өнермент” бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының қатнасыўында райондағы “Жаслар дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” не кирген жаслар, ҳаял-қызлар, исбилермен ҳәм өнерментлер менен көргизбели семинар өткерилди. Семинарда  өнерментлерге берилген жеңилликлер, өнерментшилик бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар менен жыйналғанларды таныстырды. Усы күни бир қатар қолы гүл өнерментлеримиздиң қолдан жасаған буйымлар көргизбелери, семинар қатнасыўшыларына инәм етилди. Буннан тысқары бирлеспе тәперинен өнерментшиликти раўажландырыў мақсетинде өнермент Төреева Рысгул басшылығында өнерментшиликтиң “Гул басылған гезлемелер ҳәм тийисли буйымлар” жөнелиси бойынша 2 айлық оқыў курсы шөлкемлестирилген еди. Оқыў курсын табыслы тамамлап, өнер үйренген 15 ҳаял-қызларға бирлеспениң арнаўлы сертификатлары тапсырылды. Бул оқыў курсының мақсети, өнерментшилик тармақларын раўажландырыў арқалы тараўға тийисли исбилерменлик жөнелислерин жолға қойыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықты өзин-өзи бәнт етиўге үйретиў, айрықша “Жаслар дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” не киритилген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы оларға дәрамат дерегин жаратыў болып есапланады.