Қараөзек районы ҳəкимиятының мəжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы өткерилди. Сессия жумысын Кеӊес баслығы У.Утамбетов басқарып барды. Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мəкеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде сектор басшылары ҳәм бир қатар тараўлардыӊ 2021-жылдыӊ биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабатлар берди ҳәм «Жаслар дәптери», «Ҳаяллар дәптери» не киргизилген бир қатар жаслардыӊ ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў арқалы дәптер дизиминен шығарыў бойынша мағлыўматлар тыӊланды.
Сондай-ақ пуқараларда миллий ғәрезсизлик, еркин пәраӯан турмыс, миллий өзлигимиз, дәстүрий өнеримиз ҳәм қәдриятларымызға болған ҳүрмет сезимлерин оятатуғын көргизбелерди бир орынға топлаӯ, район орайынан музей шөлкемлестириў бойынша қарарлар қабыл етилди.