Бүгин «Қуралпа» АПЖ да спорттың «Шахмат» түринен «Прокурор бириншилиги» ушын жарыс өткерилди. Жарысқа усы аймақтағы «Шахмат» қа қызығыўшы пуқаралар менен мектеп оқыўшылары белсене қатнасты. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет Жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың саламатлықларын беккемлеў, спорттың ғалабалығына ерисиўи болып табылады. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Skip to content