Коррупцияға қарсы гүресиў

Районлық 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында жынаят ислери бойынша Қараөзек район судының баслығы Ж. Алланиязов, район прокуроры Н. Джоламанов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары С.Тореевлардың қатнасында  “Коррупция – ең әҳмийетли ҳәм глобал машқалалардан бири” атамасында райондағы мәкеме кәрхана шөлкемлер қатнасында ушырасыў болып өтти.

Онда сөз алғанлар Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўде әмелге асырылып атырған кең көлемли иләжлар ҳәм оған қарсы гүресиўде биргеликте жумыслар алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Ушырасыў сораў жуўаплар менен даўам етти.