Ҳаяллар бәнтлиги тәмийинленбекте

Райондағы “Ҳаяллар дәптерин” деги ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларға жеңиллетилген кредитлер алып жумыс баслаўы ушын кең қолайлықлар жаратылмақта. Усындай жеңилликлерден пайдаланып жумыс баслаған “Ата мәкан” МПЖ аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери” дизиминде турған пуқара Кабулова Дәмехан банктен жигирма бес миллион жеңиллетилген кредит алып, нан жабыў ушын тандырхана қурып жумыс баслады. Ҳәзир ол сол аймақтағы халықтың нан өнимлерине болған талабын қаанатландырып келмекте. Нәтийжеде шаңарағындағы ериниң бәнтлигиниң тәмийинлеп,  хожалығына дәрамат киргизип киятыр.