Исши топар үш аймақтың пуқаралары менен ушырасты

Қараөзек районында музей шөлкемлестириў бойынша исши топардың гезектеги ушырасыўы  Ак.С.Камалов, А. Досназаров ҳәм Қойбақ аўыл пуқаралар жыйынларында болып өтти. Оған усы аймақлардың жасы үлкен нураныйлары, белсендилер, АПЖ баслықлары, билимлендириў мәкемелери директорлары ҳәм депутатлар қатнасты.

 Ушырасыўда  районда шөлкемлестирилип атырған музейге район тарийхын сәўлелендириўши қол жазбалар ҳәм экспонатлар топлаўда аймақ турғынларын белсенди қатнасыўға шақырып, ушырасыў қатнасыўшылары бул басламаны қоллап-қуўатлап, бул мақсетли иске өз үлеслерин қосатуғынлықларын атап өтти.