“Қойбақ”та көшпели қабыллаў өткерилди.

Бүгин Қараөзек  районындағы “Қойбақ” АПЖ да район ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлиги ҳәм Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен  халықтың узағын жақын етип, халқымызға  қолайлық жаратыў мақсетинде көшпели  қабыллаў шөлкемлестирилди. Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың бир қанша мүрәжатлары усы жердиң өзинде қабылланып,  унамлы шешимлерин тапты.

Аймақ турғынларына жәми 70 тен аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди, атап айтқанда, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, арив мағлыўматларын алыў, мәмлекетлик балалар бақшасына нәўбетке қойыў, коммунал тармақларына жалғаныў ҳ.т.б  хызметлер көшпели тәртипте көрсетилди.

Сондай-ақ халықтың саўатқанлығын асырыў мақсетинде тараўға байланыслы жаңадан қабыл етилген                      норматив-ҳүжжетлердиң мазмуны бойынша  түсиник жумыслары алып барылды. Усы күни бир қатар социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал жағдайларынан хабар алынды.