
Районда жаслар басламасы менен шөлкемлестирилген “Таза аймақ” жойбары тийкарында акция болып өтпекте. Оған районымыз жаслары, ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери белсенди қатнаспақта. Акция райондағы «А. Досназаров » АПЖ дағы Қарақалпақ халқының даңқлы перзенти А. Досназаровтың естелиги әтирапын абаданластырыў менен басланды. Акцияны район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм сектор басшылары баслап берди.

Мағлыўмат ушын: Акцияда күн даўамында белгиленген орынларды, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў соның менен бирге социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериў, үй әтирапларын абаданластырыў жумыслары менен даўам етпекте. Әлбетте, бул бағдардағы жумысларға белсене қатнасқан жаслар анықланып, акция жуўмағында өткерилиўи режелестирилген Гала концертте сыйлықланыўы күтилмекте.