Жумыссыз жасларға жолламалар берилди.

Қараөзек районы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде  районы аймағында жасаўшы жумыссыз, жумыс ислеў қәлеўи бар болған жаслар менен «DAYPLAST NUKUS», «КARAKALPAK SEMENT» ЖШЖ ниң ўәкиллери менен ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўды район ҳәкими У. Утамбетов  басқарып барды. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер жумыс орынларының қолайлықлары, ис-ҳақылары мийнет шәртнамалары ҳаққында түсиниклер берип өтти. Буннан соң район аймағындағы 13 өзин-өзи басқарыў уйымларында жасаўшы жумыссыз жаслар ҳәм пуқаралар қәрхана басшылары менен сәўбетлесиўлер өткерип, ҳүжжетлерин тапсырды ҳәм  бос жумыс орынларына жолламалар алды.