СПОРТ

9-май “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” мүнәсебети менен “Жаңа Өзбекстан, жаңаша көз-қарас” сүрени астында «Мәденият» АПЖ да спорттың «Дзюдо»  түри бойынша 2010-2011-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қараөзек районы ашық бириншилиги болып өтти. Жарыста Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Кегейли, Шоманай ҳәм районымыздан жәми 200 ге шамалас жас палўанлар өз-ара күш сынасты. Қызғын кешкен беллесиўлер жуўмағында командалық есапта I- орынды Қараөзек районы, II-орынды Тахтакөпир районы III-орынды Нөкис қаласы спортшылары жеңип алды. Жарыс соңында жеңимпазларды район ҳәкими У.Утамбетов қутлықлап, спортшыларды диплом, медал ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.