Үй музейине саяхат шөлкемлестирилди

Быйыл Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанлығына 92-жыл толады. Шайырдың қәлеминен дөреген бай әдебий мийрасын келешек әўладларға танытыў мақсетинде Шымбай районында жайласқан шайырдың үй музейине Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы УОББ мектеби оқыўшылары қатнасында саяхат шөлкемлестирилди. Саяхат даўамында оқыўшы жасларға қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, умытылмас тулғасы И.Юсуповтың өмир жолы, дөретиўшилиги, бай әдебий мийраслары ҳаққында оқыўшы жасларға кең түрде мағлыўматлар берилди.