
Жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Төрт сектор» басшылары тәрепинен район аймағындағы жумыссыз жаслардың бәнтлиги тәмийинленбекте. Райондағы «Жаслар дәптери» есабында турған жасларға «Жаслар жамғармасы» есабынан өзлерин бәнтлеў мақсетинде 2 жасқа тигиў машынлары, 3 жасқа кепсерлеў үскенелери,1 жасқа Фотоаппарат ҳәм компьютер (NOTEBOOK) тапсырылды.
