Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге бағдарлаўда райондағы жергиликли шөлкем ҳәм мәкемелер менен биргеликте профессионал билимлендириў мәкемелеринде, өндирислик кәрханаларында «Ашық есиклер күни»н шөлкемлестириў режелестирилген. Бул бойынша райондағы «Гербиш завод» посёкасында жайласқан “Ыссыхана” ға саяхат шөлкемлестирилди.
Саяхатқа сол аймақтағы 16-8-санлы мектеплердиң жоқары класс оқыўшылары қатнасты. Ондағы тийкарғы мақсет оқыўшыларға кәсиплик билим бериў, көнликпе ҳәм тәжирийбесин нәтийжели алып барыўғы жәрдем бериў, таңлаған кәсибин яки өнерин тереңнен үйрениўге жақыннан жәрдем бериў болып есапланады.