“Ҳаяллар дәптери” бойынша мәжилис өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў Министриниң биринши орынбасары М.Ҳ.Ахмедова басшылығында тийисли басқармалар хызметкерлери қатнасында исши топар қурамы дүзилип, район аймағындағы «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлар бойынша алып барылған жумыслар үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжеси бойынша район ҳәкимлигинде төрт сектор басшылары менен биргеликте мәжилис өткерилди.

Мәжилис даўамында исши топарлар жәрдеминде алып барылған жумыслар менен бир қатарда жиберилген қәте-кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди. Бул бойынша тийисли тараў басшыларына кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қанша ўазыйпалар жүклетилди.