Екинши жер жүзлик урыс дәўириндеги ата-бабаларымыздың ўатанымызды қорғаў жолындағы машақатлы мийнетлери, қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлес қосқан жазыўшы, шайыр ҳәм әдебий ғайреткерлердиң өмир жолы ҳәм дөретиўшиликлерин жасларымыз арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Мәденият” АПЖ аймағындағы “Ҳәсиретли ана” естелиги бағында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти. Илажға район ҳәкимлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими, Өз МТДП районлық Кеңеси ўәкиллери, 8-санлы УОББ мектеби жәмәәти ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты. Илаж даўамында урыс дәўириндеги ата-бабаларымыздың халық азатлығы жолында ислеген ийгиликли ислери, қарақалпақ әдебиятына салмақлы үлес қосқан әдебий ғайраткерлер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилип, қәбилетли оқыўшы жаслар тәрепинен таярланған әдебий көринислер қатнасыўшылар нәзерине усынылды.