Сенатор Қараөзек районында болды

Усы жылдың 23-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси болып өткен еди. Мәжилисте үйренилип атырған машқалаларға тийкар бир қатар нызам ҳәм басқада ҳүжжетлер қабыл етилди.
Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларының мәжилисинде көрип шығылатуғын нызамларды кеңнен ен жайдырыў, халық пенен ушырасыўлар өткериў ҳәм Сенатқа мүрәжат жоллаған пуқаралар менен орнында ислесиў ушын аймақларға бөлистирилиўи бойынша Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутатлары , тараў белсендилери, мәкеме кəрхана басшылары, мəкан ҳəм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықларының қатнасыўында мәжилис болып өтти. Мәжилисти районы ҳәкими У.Утамбетов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығы Б. Алиханов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамлардың әҳмийети, алып барылып атырған реформалардың мазмун мәниси кеңнен түсиндирилди , сондай-ақ мәжилисте көрилген мәселелер додаланып бул бойынша депутатлар өзлериниң пикир усыныслары билдирди.