Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М. Камалов «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни алдынан Қараөзек районы «А. Досназаров» АПЖ да жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды. Нураныйды 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Президентимиздиң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында бүгин де қатарымызда турып Ўатанның абырой-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған нураныйларды қәдирлеў, урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў бағдарында кең көлемли иләжлар әмелге асырылмақта.
Усы пәрманға муўапық Г. Алланиязовқа 12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлығын салтанатлы жағдайда тапсырды. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан баҳалы саўғалар тапсырылды. Өз гезегинде Генжемурат ата Алланиязовта урыс қатнасыўшыларына көрсетилип атырған бундай айрықша ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирип, турмысымыз буннан да абат, перзентлеримиздиң бахытлы болыўын тиледи. Халқымыздың бүгинги қыйыншылықларды да жеңип шығыўына беккем исеним билдирди.