Урыс қатнасыўшылары еске алынды.

Бүгин райондағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында 9-май “Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни” Екинши жер жүзлик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76жыллығы байрамы салтанатлы жағдайда белгилеп өтилди. Байрам салтанатында районымызда Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың ҳүрметине гүл шеңберлерин қойып оларды еске түсирди. Буннан соң район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар жаўенгерлер шығып сөйлеп, жыйналғанларды жеңистиң 76-жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Олар өз сөзлеринде Екинши дүнья жүзлик урыста басқа еллер қатары Қарақалпақстанлылар да  бир сапта турып Ўатан ушын гүрес жүргизди.

Усындай саўашларда районымыздан жаўға атланған урыс каҳарманлары атанған Махаш Балмағанбетов, Жуман Қарақулов, Даңқ ордениниң толық кавалери Тилеўмурат Өтемуратов, Генжемурат Алланиязов ҳәм басқа да көплеген жаўынгерлеримиздиң еткен ерликлерин атап өтти. Буннан соң байрам қатнасыўшыларына 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби демли әспаблар бөлими оқыўшылары ҳәм де бир қатар муғаллимлердиң таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.