Бийдайға таярлық көзден өткерилди.

Халқымыздың мол ырысқы-несийбеси болған бийдайдан мол өним жетистириў оны сепситпей жыйнап терип алыў бүгинги күнниң әҳмийетли жумысларының бири есапланады. Жақынласып қалған бийдай орағына қатнасыўшы техникаларды мәўсимге таярлаў ҳәм ремонлаў жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа келди. Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими мапазға таярлық жумыслары менен танысып, бийдай орағына қатнасыўшы комбайнлпрдың сазлығын көзден өткерди ҳәм механизаторлардың жағдайлары менен танысты.