Ҳүрметли Қараөзек районы жаслары дыққатына!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-апрель күнги ПҚ-5088-санлы қарары тийкарында исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши 18-30 жас аралығындағы жаслар ушын бир қатар имканиятлар жаратылмақта.

Қараөзек районы, «Қараөзек» ППЖ аймағынан 28-санлы мектеп имараты жанынан  “Жаслар киши санаат ҳәм исбилерменлик зонасы” шөлкемлестирилмекте.

Егерде Сиз, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлесеңиз ҳәм ислеп шығарыў яки хызмет көрсетиў тараўларында бос жер орынлар зәрүр болса, Президентимиз тәрепинен берилип атырған бир қанша кең имкәниятлардан үнемли пайдаланған ҳалда, районымыздағы жаңадан шөлкемлестирилип атырған “Жаслар киши санаат ҳәм исбилерменлик зонасы” нан  жер орынларын бийпул алыў имканиятына ийесиз.

– Кредитлер 7 жыл мүддетке;

– Миллий валютада жыллық 14%;

– Шет ел валютада жыллық 3%;

Буннан басқада, салық ҳәм басқада төлемлерден 50% жеңилликлер жаратылады.

Қосымша мағлыўматларды алыў ушын Қараөзек районы ҳәкимлиги-Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлимине мүрәжат етсеңиз болады.

Мағлыўмат ушын телефонлар: 99897 356-21-28

                                                         99894 904-93-04