Районда Ораза Ҳайт намазы оқылды

Бүгин азанғы саат 6.00. де «Ораза ҳайт» намазына бәрше жәмәәт жыйналып Идрис ийшан жәмәәтлик мешити қасындағы пайызлы орынлардың биринде карантин қағыйдаларына бойсынған тәртипте алып барылды. Онда район ҳәкими У. Утамбетов бәршени бүгинги Муқәддес әййям-Ораза ҳайт байрамы менен қызғын қутлықлап, елимизге тынышлық, дәрьямызға мол суў, ҳәр-бир шаңараққа аманлық аўызбиршилик тиледи. Буннан соң жәмәәттиң қатнасыўында Ораза Ҳайт намазы оқылып, бул қутлы-мүбәрек күнинде Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы ушын дуўалар қатым етилди. Сондай-ақ усы күни Идирис Ишан жәмәәтлик мешити тәрепинен жәрдемге мүтәж 22 шаңараққа қәўендерлик көрсетилип, азық-аўқатлық өнимлери берилди. Районда қәўендерлик ислери даўам етип атыр.