Таза аймақ Гала концерт

“Таза аймақ” акциясы жуўмағында жасларға район ҳәкимлиги,”Jaslar TV” телеканалы тәрепинен шөлкемлестирилген “JASLAR PARTY” концерт бағдарламасы инам етилди. Концерт бағдарламасы даўамында белсенди жасларымызға район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары салтанатлы жағдайларда тапсырылды. 

Байрам концерти республикамыздан келген эстрада қосықшылары ҳәм районымыздың көркем-өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлары менен  даўам еттирилди.