Бүгинги күнде дунья жүзинде гүзетилип атырған коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлерде халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў шараларын көрмекте.
Сондай-ақ, 2020-жылда Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Армения Республикаларында өткерилиўи режелестирилген халықты дизимге алыў илажлеры 2021-жылға көширилди.
Бәршемизге белгили,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2019-жыл 5-февралдағы ПП-5655-санлы Пәрманына муўапық, Өзбекстан
Республикасында халықты дизимге алыў 2022-жылда өткерилиўи белгиленген еди.
Халықты дизимге алыў илажы кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап
ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып
барыўды талап етеди.
Республикамызда ғәрезсизлик жылларында халықты дизимге алыў илажы биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, районымызда бул илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында”ғы 710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажы 2023-жылда өткерилиўи белгиленди.
Қараөзек районы статистика бөлими