Ишки ислер уйымлары хызметкерлери хошаметленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрель күнги ПҚ-5050 санлы “Ишки ислер органларында жәмийет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы жумысларын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы қарарын орынлаў мақсетинде  районлық ИИБ деги 7 профилактика  инспекторларына хызмет бабында пайдаланыўы ушын район ҳәкимлиги тәрепинен компюьтер топламлары саўға етилди. Илажда район ҳәкими ИИБ хызметкерлериниң жумысларын еледе жетилистириў, ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықлардың алдын алыўдағы жумысларында табыслар тиледи.