
Бугин Қараөзек районында мәҳәллелер арасында спорттың “Киши футбол” түринен жарыс шөлкемлестирилди. Жарысқа жәмлеспеген жаслар,районлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерден дүзилген командалар қатнасты. Жарыс жуўмағында «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ аймақ турғынлары жасларынан дүзилген командалар сыйлы I-орынды ийелеп диплом, көшпели кубок, естелик саўғалар менен сыйлықланды. Солай етип, команда ағзалары Республикалық басқышына жолламаны қолға киритти.
