
Мәмлекетимизде бул бағдардағы жумысларды нәтийжели алып барыў мақсетинде мәнзилли жумыслардың орынланыўы белгиленген. Жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардағы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жаслар дәптери» әмелге енгизилди. «Жаслар дәптерин» деги жаслардың өз исбилерменлигин баслаўы ушын жеңиллетилген кредитлер берилип атырғаны сөзимизге мысал болады. Райондағы А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйынындағы Султамурат аўылында жасаўшы Жеткербай Нысанбаев жумыссызлығы себепли қыйналып жүрген жаслардың бири еди. Ол өз исбилерменлигин баслаў ушын 2-секторға мүрәжат етти.

Оның өтиниши орынланып, шаңарақлық исбилерменлигин баслаўы ушын жеңиллетилген кредит берилди. Ол усы креди есабынан аўылынан сабын шығарыў цехын ашып, халыққа арзан баҳада өним шығарып хызмет етип атыр.