
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында баспа сөз конференциясы болып өтти. Конференцияда билимлендириў системасындағы тәлим тәрбия жумысларында әмелге асырылған ӯазыйпалар ҳәм 2021-жыл ушын белгиленген режелер бойынша баянатлар берилди. Баспа сөз конференцияға район ҳәкиминиң орынбасарлары районлық ХББ хызметкерлери, мектеп директорлары менен ғалаба хабар қураллары ӯәкиллери қатнасты.
