«Соңғы қоңыраў» кешеси.

 

Бүгин Қараөзек районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Соңғы қоңыраў» илажлары көтериңки руўхта белгиленбекте. Райондағы 8-санлы УОББ мектебинде өткерилген  «Соңғы қоңыраў» байрам кешесине район ҳәкими У.Утамбетов, сектор баслықлары, мектеп питкериўшилериниң ата-аналары қатнасты.

 

 

 Байрам кешесинде район ҳәкими питкериўши оқыўшы жасларға Президентимиздиң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм Президентимиз атап өткениндей  үйрениў, излениў ҳәм умтылыўдан ҳасла тоқтап қалмаўына ҳәм белгили бир қәсиптиң маманы болып жетилисиўине тилек билдирди. Буннан соң бир қатар питкериўшилер менен олардың усазларына ҳүрмет жарлықлар менен естелик саўғалары тапсырылды. Байрам илажы мектеп питкериўшилериниң таярлаған концерт бағдарламлары менен даўам етти.