Бүгин Қараөзек районы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Жаңа Өзбекстанда – еркин ҳәм абадан жасайық» сүрени астында мәдений-ағартыўшылық дөретиўшилик илажы болып өтпекте. Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайының баслығы М. Ходжиматов,Ташкент ҳәм Нөкис қаласынан келген дɵретиўшилер, актёр ҳәм актрисалар қатнаспақта. Илажда мийманлар район халқының кеўил кейпиятын көтерип, олар менен кеңнен сәўбетлесиўлер алып барды. Илаж даўамында йошлы концерт бағдарламалары қатнасыўшыларда үлкен заўық бағышлады.
Концерт илажлары кешки саат 19.00 де райондағы Балалар өспиримлер спорт мектебиниң майданшасында даўам етеди.