Жәмлеспеген жаслар арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди.

2021-жыл 27-Май күни райондағы Балалар өспиримлер спорт мектебинде, спорттың «Киши футбол» ҳәм «Шахмат-шашка» түрлеринен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының Кубогы ушын жарыс шөлкемлестирилди. Жарысқа районымыздағы 13 өзин-өзи басқарыў уйымларындағы жәмлеспеген жаслардан дүзилген 11 команда қатнасты. Ашылыў салтанатында район ҳәкими спортшыларды жарыстың басланыўы менен қутлықлап, кейинги басқышларда жеңимпаз болыўына тилек билдирди. Солай етип «Караөзек АПЖ» ҳәм «Қараөзек ППЖ» спортшылары ойынды баслап берди. Жарыс еки күн даўам етип, жарыс жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.